Luke 6:20-23
Бахытлылар ҳәм бахытсызлар
(Мат 5:1-12)
20Ийса шәкиртлерине қарап былай деди: – Жарлылар, сизлер бахытлысызлар!Себеби Қудайдың Патшалығы сизлердики.
21Ҳәзир аш болып жүргенлер, сизлер бахытлысызлар!
Себеби тоқ боласызлар.
Ҳәзир жылап жүргенлер, сизлер бахытлысызлар!
Себеби қуўанып күлесизлер.
22Адамлар сизлерди Адам Улы ушын жек көрсе, араларынан шетлетсе, хорлап, атларыңызға дақ түсирсе, сизлер бахытлысызлар! 23Сол күни қуўанып, шадлыққа бөлениңлер! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Олардың ата-бабалары да пайғамбарларға усылай ислеген.
Copyright information for
KaaIBT22C