Luke 6:32-36
32Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да өзлерин сүйгенлерди сүйеди. 33Егер өзлериңизге жақсылық ислегенлерге ғана жақсылық ислесеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да усылай ислейди. 34Егер сизлер қайтарып алыўдан үмит етип, қарыз берсеңлер, бул ушын қандай алғыс аласызлар? Гүнакарлар да қанша қарыз берсе, сонша қайтарып алыў ушын, гүнакарларға қарыз береди. 35Бирақ сизлер душпанларыңызды сүйиңлер. Жақсылық қылып, ҳеш нәрсе дәметпей, қарыз бериңлер. Сонда сизлер үлкен сыйлық алып, Қудай Тааланың балалары боласызлар. Өйткени Ол жақсылықты билмейтуғынларға да, жаман адамларға да мийримли. 36Солай етип, Әкеңиз мийрим-шәпәәтли болғаны сыяқлы, сизлер де мийрим-шәпәәтли болыңлар.
Copyright information for
KaaIBT22C