‏ Luke 6:47-49

47Маған келип, сөзлеримди тыңлап, оларды орынлайтуғын адамның кимге уқсайтуғынын сизлерге айтайын: 48ол – жерди терең етип қазып, тийкарын жартас үстине қалап, үй салған адамға уқсайды. Сел тасып, сол үйди соққылағанда, үй беккем салынғанлығы себепли, оны қозғалта алмайды. 49Бирақ сөзлеримди еситсе де, оны орынламайтуғын адам үйин жер үстине тийкарсыз салған адамға уқсайды. Суўлар тасып, бул үйди соққылағанда, ол сол ўақытта-ақ қулап, қатты қыйралып қалады.
Copyright information for KaaIBT22C