Luke 7:1-10
Римли жүзбасының исеними
(Мат 8:5-13; Юхн 4:43-54)
1Ийса Өзин тыңлап турған халыққа ҳәмме сөзин айтып болғаннан соң, Капарнаҳумға кетти. 2Сол жерде бир римли жүзбасының қәдирлейтуғын хызметшиси аўырып, өлим төсегинде жатырған еди. 3Жүзбасы Ийса туўралы еситип, Оның келип, хызметшисине шыпа бериўин өтиниш етиў ушын, Оған яҳудийлердиң ақсақалларын жиберди. 4Олар Ийсаның қасына келди де, қатты өтиниш етип: – Ол Сениң жәрдем бериўиңе минәсип. 5Себеби ол халқымызды жақсы көреди, бизлерге мәжилисхана да салып берди, – деди. 6Ийса олар менен бирге кетти. Ол үйге жақынлап қалғанда, жүзбасы Оған досларын жиберип, былай деп айтқызды: – Әўере болмай-ақ қой, Ийем! Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. 7Сонлықтан өзимниң Саған барыўымды да минәсип көрмедим. Тек бир сөз айтсаң болды, хызметшим жазылып кетеди. 8Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди. Қулыма «мынаны исле» десем, ислейди. 9Бул сөзлерди еситкен Ийса таң қалды ҳәм изине ерип киятырған халыққа бурылып: – Сизлерге айтатуғыным: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим, – деди. 10Жиберилгенлер үйге қайтып келгенде, аўырыў хызметшиниң жазылып кеткенин көрди.
Copyright information for
KaaIBT22C