‏ Luke 7:18-35

Ийса ҳәм шомылдырыўшы Яқыя

(Мат 11:2-19)

18Шәкиртлери Яқыяға болып өткен ўақыялар ҳаққында хабарлады. 19Яқыя шәкиртлериниң екеўин шақырып алып: «Келетуғын Сол сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп сораў ушын, оларды Ийемизге жиберди.

20Олар Ийсаға келип:

– Шомылдырыўшы Яқыя бизлерди: «Келетуғын Сол сен бе ямаса басқасын күтейик пе?» – деп сораў ушын, саған жиберди, – деди.

21Сол ўақытта Ийса аўырыў менен кеселлерге ҳәм жаўыз руўхларға шалынған көплеген адамларға шыпа берип, көп соқырлардың көзин ашқан еди. 22Ийса оларға жуўап берип:

– Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер. Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, тери кеселлигине шалынғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер.
23Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы! – деди.

24Яқыяның жиберген адамлары қайтып кеткеннен соң, Ийса халыққа Яқыя туўралы былай деп айта баслады:

– Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма?
25Нени көриўге бардыңлар? Жипек кийим кийген бир адамды ма? Бирақ ҳасыл кийим кийип, байлықта жасайтуғынлар патша сарайларында болады. 26Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы. 27Бул адам ҳаққында Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Мине, Мен алдыңнан Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң алдыңда баратуғын жолыңды таярлап қояды» . 28Сизлерге айтатуғыным: ҳаялдан туўылғанлардың арасында шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Қудайдың Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.

29Буны еситкен пүткил халық, ҳәтте, салықшылар да Қудайдың ҳақлығын мойынлады. Себеби олар Яқыяның қолынан шомылдырылған еди. 30Бирақ парисейлер менен нызам муғаллимлери Қудайдың оларға арнаған еркин қабыл алмады. Өйткени олар Яқыяның қолынан шомылдырылыўдан бас тартқан еди.

31Ийса және:

– Ҳәзирги әўладтың адамларын кимге уқсатайын, олар кимлерге мегзейди?
32Олар базарда бир-бирине қышқырысып: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ ойнамадыңлар!
Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ жыламадыңлар!» –

деп отырған балаларға уқсайды.
33Себеби шомылдырыўшы Яқыя келип, нан да жемеди, шарап та ишпеди. Ал сизлер оны: «Жин урған», – дейсизлер. 34Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм мәскүнем адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер. 35Ал Қудайдың даналығы оны қабыл ететуғынлардың ҳәммеси арқалы ақланады, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C