‏ Luke 8:11-15

Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи

(Мат 13:18-23; Мрк 4:13-20)

11– Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Қудайдың сөзи. 12Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сөзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды. 13Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады. 14Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ өмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады. 15Ал өнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын! – деди».
.
Copyright information for KaaIBT22C