Luke 8:19-21
Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары
(Мат 12:46-50; Мрк 3:31-35)
19Ийсаға анасы ҳәм туўысқанлары келди. Бирақ халық көп болғанлықтан, Оған жақынлай алмады. 20Адамлар Ийсаға: – Анаң менен туўысқанларың Сени көрмекши болып, сыртта тур, – деп хабарлады. 21Ийса оларға жуўап берип: – Кимлер Қудайдың сөзин тыңлап, оны орынласа, Мениң анам да, туўысқанларым да солар, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C