Luke 8:22-25
Ийсаның даўылды тоқтатыўы
(Мат 8:23-27; Мрк 4:35-41)
22Күнлердиң биринде Ийса шәкиртлери менен қайыққа минип, оларға: – Көлдиң арғы жағасына өтейик, – деди. Солай етип, олар жөнеп кетти. 23Олар қайықта жүзип баратырғанда, Ийса уйықлап қалды. Көлде күшли даўыл турып, қайық суўға тола баслады ҳәм олар қәўип астында қалды. 24Шәкиртлери Ийсаның қасына барып: – Устаз! Устаз! Набыт болажақпыз! – деп, Оны оятты. Ийса орнынан турды да, самалға ҳәм толқынласып турған суўға тыйым салды. Сонда олар тынып, әтирап тым-тырыс болды. 25Ийса шәкиртлерине: – Исенимиңиз қәне? – деди. Олар қорқысып, аң-таң болысып, бир-бирине: – Бул ким Өзи? Ол самал менен суўға буйрық бергенде, олар Оған бойсынады-ғо! – дести.
Copyright information for
KaaIBT22C