‏ Luke 8:26-39

Жинге шалынған адам

(Мат 8:28-34; Мрк 5:1-20)

26Олар Галиланың қарсысында жайласқан герасалылардың үлкесине қайық пенен жүзип барды. 27Ийса жағаға шығыўы менен, Оған қаладан келген, жинге шалынған бир адам гезлести. Бул адам көп ўақытлардан бери кийим киймей ҳәм үйде жасамай, қәбирстанда жасайтуғын еди. 28Ол Ийсаны көргенде қышқырып жиберди ҳәм Ийсаның алдына жығылып, қатты даўыс пенен:

– Қудай Тааланың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар. Өтинемен, мени қыйнама! – деди.

29Өйткени Ийса жаўыз руўхқа бул адамнан шығып кетиўди буйырған еди. Жаўыз руўх оны тез-тез тутып турғанлықтан, адамлар оны шынжыр менен байлап, кисен салып қараўыллайтуғын еди. Бирақ ол ҳәммесин үзип, жин тәрепинен шөлистанға айдап алып кетилетуғын еди.

30Ийса оннан:

– Атың ким? – деп сорады.

– Үлкен топар, – деп жуўап берди ол.

Себеби оның ишине көп жин кирген еди.
31Жинлер Ийсадан өзлерин туңғыйыққа жибермеўин өтинди.

32Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди. Жинлер Ийсадан шошқаларға кириўге рухсат бериўин өтинди. Ийса оларға рухсат етти. 33Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, батып кетти.

34Болған ўақыяны көрген шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барып хабарлады. 35Адамлар болған ўақыяны көриў ушын Ийсаның жанына келди. Олар ишинен жинлер шыққан адамның ақыл-еси кирип, кийинип, Ийсаның аяқ бетинде отырғанын көргенде қорқып қалысты. 36Ўақыяны өз көзлери менен көргенлер жин урған адамның қалай шыпа тапқанын оларға айтып берди. 37Сонда герасалылардың үлкесиниң әтирапынан келген пүткил халықтың зәррелери ушып, Ийсадан өзлериниң үлкесинен кетиўин өтинди. Ийса қайыққа минип, қайтып кетти. 38Ал жинлерден азат болған адам Ийсаға:

– Сениң менен бирге кетейин, – деп жалынды.

Бирақ Ийса оған:

39– Үйиңе қайтып, Қудайдың саған не ислегенин айтып бер, – деп оны жиберди.

Ол барып, Ийсаның оған не ислегенин пүткил қалаға жәриялады.
Copyright information for KaaIBT22C