Luke 8:4-15
Туқым себиўши туўралы тымсал
(Мат 13:1-9; Мрк 4:1-9)
4Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, көп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сөз баслады: 5– Бир туқым себиўши өз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты. 6Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, көгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге өсип, туншықтырып таслапты. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, өсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: – Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын! – деди.Тымсаллардың мақсети
(Мат 13:10-17; Мрк 4:10-12)
9Шәкиртлери Ийсадан: – Бул тымсал нени аңлатады? – деп сорады. 10Ийса оларға былай деди: – Қудайдың Патшалығының сырларын билиў сизлерге берилген, ал басқаларға тымсал менен айтылады. Сонлықтан да: «Олар қараса да, көрмейди,Тыңласа да, түсинбейди» ▼.
Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи
(Мат 13:18-23; Мрк 4:13-20)
11– Ал бул тымсалдың мәниси мынадай: туқым – бул Қудайдың сөзи. 12Жол шетине түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ соң шайтан келип, олардың жүреклериндеги сөзди алып кетеди. Сонлықтан олар исене алмайды ҳәм қутқарылмайды. 13Таслақ жерге түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, қуўаныш пенен қабыл етеди, бирақ тамырсыз болғанлықтан ўақытша ғана исенип, сынаў ўақты келгенде исенимнен қайтады. 14Ал тикенлер арасына түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситеди, бирақ өмирдиң тәшиўишлери, байлық ҳәм ҳәзликлер астында туншығып, олардың зүрәәти писпей қалады. 15Ал өнимли топыраққа түскенлери мынадай адамларды билдиреди: олар сөзди еситип, жақсы ҳәм пәк кеўиллеринде сақлап, шыдамлылық пенен зүрәәт береди ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын! – деди».
.
Copyright information for
KaaIBT22C