Luke 8:40-56
Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял
(Мат 9:18-26; Мрк 5:21-43)
40Ийса қайтып келгенде, халық Оны қуўаныш пенен қабыл алды. Өйткени ҳәмме Оны күтип турған еди. 41Сонда мәжилисхананың баслығы болған Яир атлы бир адам келип, Ийсаның аяғына жығылды да, үйине кириўин өтинди. 42Себеби оның он еки жаслар шамасындағы жалғыз қызы өлим төсегинде жатыр еди. Ийса жүрип киятырғанда, халық Оны жән-жағынан қысып баратыр еди. 43Сол жерде он еки жылдан бери қан кетип аўырып жүрген, шыпакерлерге бары-жоғын сарп етсе де, ҳеш кимнен шыпа таба алмаған бир ҳаял бар еди. 44Ҳаял Ийсаның артына жақынлап келип, Оның кийиминиң шетине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады. 45Сонда Ийса: – Маған ким қолын тийгизди? – деп сорады. Ҳеш ким мойнына алмағаннан соң, Петр ▼▼ Петр – Базы қолжазбаларда «Петр менен жанындағылар».
: – Устаз! Халық Сени қоршап, жән-жағыңнан қысып тур-ғо ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Неге: „Маған ким қолын тийгизди?“, – деп сорайсаң?»
, – деди. 46Бирақ Ийса оған: – Маған биреў қолын тийгизди, өйткени Мен Өзимнен бир күш шыққанын сездим, – деди. 47Ҳаял жасырына алмайтуғынын билип, қалтырап Ийсаның алдына келди де, Оның аяғына жығылды. Өзиниң қандай себеп пенен Оған қолын тийгизгенин ҳәм сол ўақытта-ақ қалай шыпа тапқанын пүткил халық алдында айтып берди. 48Ийса оған: – Қызым! Исенимиң сени қутқарды, тынышлық пенен бара бер, – деди. 49Ийса усы сөзлерди айтып турғанда мәжилисхана басшысының үйинен биреў келип, Яирге: – Қызыңыз өлди, енди Устаздың тынышын алмаң, – деди. 50Бирақ Ийса буны еситип, оған: – Қорқпа, тек исен, қызың шыпа табады, – деди. 51Ийса үйге келгенде, Петр, Юхан, Яқып ҳәм қыздың ата-анасынан басқа ҳеш кимниң Өзи менен бирге ишке кириўине рухсат бермеди. 52Ҳәмме қызды азалап, жылап турған еди. Бирақ Ийса: – Жыламаңлар, ол өлген жоқ, тек уйықлап атыр, – деди. 53Олар қыздың өлгенин билип, Ийсаның үстинен күлди. 54Ийса ▼▼ Базы қолжазбаларда «…олардың ҳәммесин сыртқа шығарып жиберип атырып» деген сөзлер де бар.
қыздың қолынан услады да, даўыслап: – Қызалақ, орныңнан тур! – деди. 55Қыздың жаны қайтып кирип, ол дәрриў орнынан турды. Ийса оған жеў ушын бир нәрсе бериўди тапсырды. 56Қыздың ата-анасы аң-таң болды, бирақ Ийса оларға болған ўақыя ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды.
Copyright information for
KaaIBT22C