Luke 9:1-6
Он еки елшиниң тапсырма алыўы
(Мат 10:5-15; Мрк 6:7-13)
1Ийса қасына он еки шәкиртин шақырып алып, оларға барлық жинлерди қуўып шығарыўға ҳәм аўырыўларға шыпа бериўге күш ҳәм бийлик берди. 2Қудайдың Патшалығын жәриялап, аўырыў адамларға шыпа бериў ушын оларды жиберип, 3Ийса былай деди: – Жолға ҳеш нәрсе: таяқ та, қалта да, нан да, ақша да, артық кийим де алмаңлар. 4Қайсы үйге кирсеңлер де, ол жерден кеткениңизше, сол үйде болыңлар. 5Егер бир қалада сизлерди қабыл алмаса, сол қаладан шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер. 6Шәкиртлер жолға шықты. Олар ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялады ҳәм аўырыўларға шыпа берип, аўылларды аралап жүрди.
Copyright information for
KaaIBT22C