Luke 9:10-17
Ийсаның бес мыңнан аслам адамды тойғызыўы
(Мат 14:13-21; Мрк 6:30-44; Юхн 6:1-14)
10Елшилер қайтып келип, ислеген ҳәмме ислери ҳаққында Ийсаға айтып берди. Ийса Өзи менен бирге тек оларды ғана алып, Бетсайда деп аталған қалаға ▼▼ Бетсайда деп аталған қалаға – Базы қолжазбаларда «Бетсайда деген қалаға жақын жердеги бир шөлге».
кетти. 11Бирақ халық буны билип, Ийсаның изинен келди. Ийса оларды жақсы қабыл алып, оларға Қудайдың Патшалығы ҳаққында айтты ҳәм шыпаға мүтәж адамларға шыпа берди. 12Күн кеш бола баслағанда, он еки елшиси Ийсаның алдына келип: – Халықты жибер. Әтираптағы аўыл-елатларға барып, түнейтуғын жер менен азық-аўқат тапсын. Өйткени бизлер бир елсиз жердемиз-ғо, – деди. 13Бирақ Ийса оларға: – Оларға сизлер аўқат бериңлер, – деди. – Бизлер барып, сонша адамға азық сатып алмасақ, бес нан менен еки балықтан басқа ҳеш нәрсемиз жоқ, – деди шәкиртлери. 14Себеби ол жерде бес мыңға шамалас ер адам бар еди. Ийса шәкиртлерине: – Оларды елиў-елиўден топқа бөлип отырғызыңлар, – деди. 15Шәкиртлери солай ислеп, ҳәммесин жерге отырғызды. 16Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап олар ушын Қудайға шүкирлик етти. Оларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын, шәкиртлерине берди. 17Ҳәмме жеп тойды. Аўысқан бөлеклерин жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
Copyright information for
KaaIBT22C