Luke 9:18-21
Петрдиң Ийсаның Масийх екенлигин мойынлаўы
(Мат 16:13-19; Мрк 8:27-29)
18Күнлердиң биринде Ийса аўлақ жерде дуўа етип турғанда, шәкиртлери де Оның менен бирге еди. Ийса олардан: – Халық Мени ким деп санайды? – деп сорады. 19Шәкиртлери жуўап берип былай деди: – Шомылдырыўшы Яқыя деп санайды, ал базылары Илияс, және басқалары: «Бурынғы пайғамбарлардың бири тирилип келипти», – деседи. 20Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр Оған: – Сен – Қудайдың жиберген Масийхысаң, – деп жуўап берди.Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында билдириўи
(Мат 16:20-28; Мрк 8:31-38)
21Ийса бул туўралы ҳеш кимге айтпаўларын оларға қатаң ескертти де:
Copyright information for
KaaIBT22C