Luke 9:22-27
22– Адам Улы көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилиўи ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис, – деди. 23Сонда Ийса ҳәммеге былай деди: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин. 24Ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады, ал ким де ким өз жанын Мен ушын жоғалтса, ол оны сақлап қалады. 25Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, өз жанын жойтып, өзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда? 26Ким де ким Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Өзиниң, Әкесиниң ҳәм мухаддес периштелердиң салтанатында келгенде, оннан арланады. 27Сизлерге шынын айтаман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Қудайдың Патшалығын көрмегенше, өлмейди.
Copyright information for
KaaIBT22C