‏ Luke 9:28-35

Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи

(Мат 17:1-8; Мрк 9:2-8)

28Бул сөзлерди айтқаннан соң сегиз күндей өткенде, Ийса Петр, Юхан ҳәм Яқыпты қасына алып, дуўа етиў ушын таўға шықты. 29Ийса дуўа еткенде, Оның түр-түси өзгерди, кийимлери де аппақ түске енип, жарқырап кетти. 30Сонда еки ер адам Оның менен сөйлесип турған еди. Булар Муўса менен Илияс еди. 31Олар уллы салтанат пенен көринип, Ийсаның жақында Ерусалим қаласында дүньядан өтип, Қудайдың еркин орынлаўы тийис екени ҳаққында сөйлести. 32Ал Петр менен оның қасындағыларды күшли уйқы басқан еди. Олар оянып кетип, Ийсаның уллылығын ҳәм Оның менен турған еки ер адамды көрди. 33Олар Ийсаның жанынан кете баслағанда, Петр Ийсаға:

– Устаз, бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.

Ол не айтқанын өзи билмеди.

34Петр усыларды айтып турғанда бир булт пайда болып, оларды қаплады. Шәкиртлер булт ишине киргенде қорқысып қалды. 35Сонда булттан:

– Бул – Мениң таңлап алған Улым, Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
Copyright information for KaaIBT22C