Luke 9:37-45
Ийсаның жин урған баланы азат қылыўы
(Мат 17:14-21; Мрк 9:14-29)
37Келеси күни олар таўдан түскенде, Ийсаны көп халық күтип алды. 38Күтилмегенде халық арасынан биреў бақырып: – Устаз, Сеннен өтинип сорайман, мениң балама бир нәзер сала гөр! Ол мениң жалғыз балам! 39Баламды жаўыз руўх тутқанда, ол бирден қышқырып жибереди. Жаўыз руўх оны қалтыратып, аўзынан көбик ағызады да, азаплап болғаннан соң, зорға дегенде оннан кетеди. 40Мен Сениң шәкиртлериңнен жаўыз руўхты қуўып шығарыўды өтинген едим, бирақ олардың қолынан келмеди, – деди. 41Ийса жуўап берип: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге болып, сизлерге шыдайман? Балаңды бул жерге алып кел, – деди. 42Бала киятырғанда жин оны жерге жығып, қалтырата баслады. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа тыйым салып, балаға шыпа берди ҳәм оны әкесине тапсырды. 43Ҳәмме Қудайдың уллылығына таң қалысты. Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалып турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине: 44– Мына сөзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди. 45Бирақ олар бул сөздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сөз туўралы Ийсадан сораўға қорқты.
Copyright information for
KaaIBT22C