Luke 9:43-45
43Ҳәмме Қудайдың уллылығына таң қалысты. Халық Ийсаның барлық ислерине ҳайран қалып турғанда, Ийса Өз шәкиртлерине: 44– Мына сөзлеримди қулақларыңызға қуйып алыңлар: Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, – деди. 45Бирақ олар бул сөздиң мәнисин түсинбеди. Оның мәниси оларға жасырын болғанлықтан, олар оны уға алмады. Ал бул сөз туўралы Ийсадан сораўға қорқты.
Copyright information for
KaaIBT22C