Luke 9:46-48
Аспан Патшалығында ең уллы ким?
(Мат 18:1-5; Мрк 9:33-37)
46Шәкиртлер өз ара: – Қайсы биримиз уллымыз? – деп тартыса баслады. 47Ийса олардың кеўиллериндеги ойды билип, бир кишкене баланы алды да, оны жанына қойып, 48оларға былай деди: – Ким де ким бул баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның Мени Жибергенди қабыл еткени болады. Өйткени араңызда ким ең кишкене болса, сол ең уллы болады.
Copyright information for
KaaIBT22C