Luke 9:57-62
Ийсаға шәкирт болыўдың шәртлери
(Мат 8:19-22)
57Олар жолда киятырғанда, биреў Ийсаға: – Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди. 58Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас қойып тынығатуғын орны да жоқ, – деди. 59Ал басқа биреўине: – Мениң изиме ер, – деди. Бирақ ол: – Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди. 60Ийса оған: – Өлилерди жерлеўди өлилердиң өзлерине қалдыр. Ал сен барып, Қудайдың Патшалығы туўралы жәрияла, – деди. 61Және биреў Ийсаға: – Ийем, мен Сениң изиңе еремен, бирақ дәслеп үй-ишим менен хошласып келиўиме рухсат ет, – деди. 62Бирақ Ийса оған: – Атызды сүриўди баслап, артына қарай беретуғын адам Қудайдың Патшалығына ылайықлы емес, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C