‏ Mark 1:1-8

Яқыяның жол таярлаўы

(Мат 3:1-12; Лук 3:1-18; Юхн 1:19-28)

1Қудайдың Улы Ийса Масийхтың
Масийх – «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. Сөзликке қараң.
Хош Хабарының басланыўы.
2Ийшая пайғамбардың китабында
Ийшая пайғамбардың китабында – Базы қолжазбаларда «Пайғамбарлардың китабында».
былай деп жазылған: «Мине, Мен алдыңнан хабаршымды жиберемен,
Ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды .
3Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи:
„Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“»

4Яқыя шөл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды
Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны.
. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.
5Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды.

6Яқыя түйе жүнинен кийим кийип, белине тери қайыс тағып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди. 7Ол халыққа жәриялап:

– Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
8Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C