Mark 1:16-20
Ийсаның дәслепки шәкиртлери
16Ийса Галила көлиниң жағасы менен баратырғанда, көлге аў салып жүрген Шимонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 17Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар ▼▼ Адамларды аўлайтуғын аўшылар – Қудайдың жолына түсириўшилер.
қыламан, – деди. 18Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди. 19Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди. 20Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди.
Copyright information for
KaaIBT22C