Mark 1:21-28
Ийсаның жинди қуўып шығарыўы
(Лук 4:31-37)
21Олар Капарнаҳум қаласына келди. Шаббат күни Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. 22Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен тәлим берди. 23Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол: 24– Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады. 25Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди. 26Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти. 27Ҳәмме таң қалысып, өз ара: – Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлимат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести. 28Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды.
Copyright information for
KaaIBT22C