Mark 1:40-45
Ийсаның тери кеселлигине шалынған адамға шыпа бериўи
(Мат 8:1-4; Лук 5:12-16)
40Тери кеселлигине шалынған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан өтинип: – Егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деди. 41Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. 42Сол ўақытта-ақ сол адам тери кеселлигинен қутылып, тазаланды. 43Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де: 44– Абайлы бол, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, ▼ – деди. 45Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмай қалды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.
Copyright information for
KaaIBT22C