‏ Mark 1:9-11

Ийсаның шомылдырылыўы

(Мат 3:13-17; Лук 3:21-22)

9Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды. 10Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептер пишининде Өзиниң үстине түскенин көрди. 11Сонда аспаннан:

– Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди.
Copyright information for KaaIBT22C