‏ Mark 10:1-12

Ажырасыў ҳаққында

(Мат 19:1-12; Лук 16:18)

1Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және көп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди.

2Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап көрмекши болып:

– Ер адамның ҳаялынан ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады.

3Ийса сораўға сораў менен жуўап берип:

– Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди.

4Олар:

– Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди.

5Ийса оларға:

– Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди.
6Бирақ жаратылыстың басында былай болды: «Қудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан» . 7«Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады 8ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады» . 9Сол себепли, Қудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди.

10Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады. 11Ийса оларға:

– Ким де ким өз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады.
12Ҳаял да өз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C