‏ Mark 10:13-16

Ийсаның балаларға пәтия бериўи

(Мат 19:13-15; Лук 18:15-17)

13Қолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди. 14Буны көргенде Ийса оларға ашыўланып:

– Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Өйткени Қудайдың Патшалығы усындайлардики.
15Сизлерге шынын айтаман: ким де ким Қудайдың Патшалығын кишкене бала сыяқлы қабыл етпесе, ол оған кире алмайды, – деди.

16Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди.
Copyright information for KaaIBT22C