Mark 10:17-31
Байлық ҳәм мәңгилик өмир
(Мат 19:16-30; Лук 18:18-30)
17Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик өмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады. 18Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Қудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес. 19Оның буйрықларын өзиң билесең: «Адам өлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле» ▼, – деди. 20Ол Ийсаға: – Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди. 21Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап: – Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди. 22Бирақ жигит бул сөзлерди еситкенде түри өзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы көп еди. 23Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине: – Байлығы барларға Қудайдың Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди. 24Шәкиртлери бул сөзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және: – Балаларым! Қудайдың Патшалығына кириў қандай қыйын! 25Бай адамның Қудайдың Патшалығына кириўинен гөре, түйеге ийнениң көзинен өтиў аңсатырақ, – деди. 26Олар қатты таң қалысып, бир-бирине: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди. 27Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Қудайдың қолынан келеди. Өйткени Қудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди. 28Сонда Петр сөз баслап, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсемизди таслап, Сениң изиңе ердик, – деди. 29Ийса жуўап берип: – Шынын айтып турман: ким де ким Мен ушын ҳәм Хош Хабар ушын үйлерин, аға-инилерин, апа-қарындасларын, ата-анасын, балаларын, мал-мүлкин таслап шықса, 30ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, ата-анасын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик өмирге ийе болады. 31Бирақ, бириншилердиң көбиси соңғылар, соңғылардың көбиси бириншилер болады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C