Mark 10:35-45
Яқып ҳәм Юханның тилеги
(Мат 20:20-28)
35Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны орынлаўыңды қәлеймиз, – деди. 36Ийса олардан: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады. 37Олар: – Өзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – деди. 38Ийса: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди. 39Олар: – Аўа, аламыз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар. 40Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди. 41Қалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды. 42Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлар деп есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын билесизлер. 43Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 44Араңызда ким биринши болғысы келсе, сол ҳәммеге қул болыўы шәрт. 45Себеби Адам Улы Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплердиң азатлық қунын төлеў ушын, Өз жанын бағышлаўға келди, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C