‏ Mark 10:46-52

Ийсаның соқыр Бартимейге шыпа бериўи

(Мат 20:29-34; Лук 18:35-43)

46Олар Ерихоға келди. Ийса Өз шәкиртлери ҳәм көп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, Тимейдиң улы соқыр Бартимей жол бойында тиленшилик етип отыр еди. 47Ол насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде:

– Даўыттың Урпағы
Даўыттың Урпағы – Масийхтың басқа атағы.
Ийса! Маған реҳим ете гөр! – деп бақыра баслады.

48Көп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып:

– Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гөр! – деди.

49Ийса тоқтап:

– Оны шақырың, – деди.

Адамлар соқырды шақырып:

– Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди.

50Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди.

51Ийса оннан:

– Сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады.

Соқыр адам Оған:

– Устаз! Көзлерим көретуғын болсын, – деди.

52Ийса оған:

– Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди.

Сол ўақытта-ақ соқырдың көзи қайтадан көретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти.
Copyright information for KaaIBT22C