‏ Mark 11:1-11

Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи

(Мат 21:1-11; Лук 19:28-40; Юхн 12:12-19)

1Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде, Ийса шәкиртлериниң екеўин жумсап, 2оларға былай деди:

– Қарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, еле ҳеш ким минбеген, байлаўлы турған бир гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер.
3Егер биреў сизлерден: «Неге бундай ислеп атырсызлар?» – деп сораса, сизлер: «Бул Ийемизге керек. Ол буны тез қайтарып жибереди», – деп жуўап бериңлер.

4Олар барып, көшедеги дәрўаза қасында байланған гүррени тапты ҳәм оны шешип алды. 5Сол жерде турған гейбиреўлер оларға:

– Гүррени шешип алып не қылажақсызлар? – деп сорады.

6Олар Ийсаның айтқанындай жуўап бергенде, адамлар оларға рухсат берди. 7Гүррени Ийсаға алып келип, өзлериниң шапанларын оның үстине жапты, Ийса гүрреге минип алды. 8Көп адамлар шапанларын жолға төсеп, ал гейбиреўлер даладағы тереклерден шақа кесип алып, жолға жайды. 9Алдында ҳәм изде ерип киятырғанлар былай деп бақырысты: – «Ҳосанна!
Ҳосанна! – «Қутқара гөр!» деген мәнисте. Қудайды алғыслағанда айтылады.

Жаратқан Ийениң аты менен келетуғын жарылқансын!
10Бабамыз Даўыттың жақынлап киятырған Патшалығы жарылқанған!
Ең жоқарыда ҳосанна!»
Заб 117:25-26.

11Ийса Ерусалимге келип, Ибадатханаға кирди. Ол жерде ҳәмме нәрсени көзден кеширип болып, кеш болғанлықтан, он еки шәкирти менен Бетанияға кетти.
Copyright information for KaaIBT22C