‏ Mark 11:20-24

Қуўрап қалған әнжир ағашы

(Мат 21:20-22)

20Олар ерте азанда өтип баратырып, әнжир ағашының тамырына дейин қуўрап қалғанын көрди. 21Петр болған ўақыяны есине түсирип, Ийсаға:

– Устаз! Қара, Сен ғарғаған әнжир ағашы қуўрап қалыпты, – деди.

22Ийса оларға жуўап берип:

– Қудайға исениңлер.
23Сизлерге шынын айтып турман: егер ким де ким бул таўға: «Орныңнан көтерилип, теңизге қула», – десе ҳәм кеўлинде гүманланбай, айтқанының орынланатуғынына исенсе, оның айтқаны орынланады. 24Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи.
Copyright information for KaaIBT22C