Mark 11:27-33
Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў
(Мат 21:23-27; Лук 20:1-8)
27Олар және Ерусалимге келди. Ийса Ибадатхананың ҳәўлисинде айланып жүргенде, Оған бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар келип, 28Оннан: – Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады. 29Ийса оларға жуўап берип: – Мен де сизлерге бир сораў берейин, жуўап бериңлер. Сонда Мен де бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман. 30Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? Жуўап бериңлер, – деди. 31Олар өз ара ойласа баслады: «Егер „аспаннан“десек, Ол: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, дейди. 32„Адамлардан“дейик пе?» Бирақ ондай деўге халықтан қорқты, себеби ҳәмме Яқыяны ҳақыйқый пайғамбар деп санайтуғын еди. 33Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Ондай болса, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C