‏ Mark 12:1-12

Жаўыз дийханлар ҳаққында тымсал

(Мат 21:33-46; Лук 20:9-19)

1Ийса оларға тымсаллар менен сөйлей баслады:

– Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм шарап искенжесин қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, өзи узақ жерге кетип қалыпты.
2Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға өзиниң бир хызметшисин жиберипти. 3Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты. 4Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты. 5Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны өлтирипти. Ол және де көп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин өлтирипти. 6Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға өз улын жиберипти. 7Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны өлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти. 8Солай етип, оны услап алып өлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты.

9Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди. 10Сизлер Мухаддес Жазыўдағы мына сөзлерди оқымағансызлар ма: «Қурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы,
Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
11Жаратқан Ийе қылған бул ис,
Көзимизге әжайып көринди!»
Заб 117:22-23.

12Олар бул тымсалдың өзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды.
Copyright information for KaaIBT22C