Mark 12:13-17
Салық төлеў туўралы
(Мат 22:15-22; Лук 20:20-26)
13Соңынан олар Ийсаны сөзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың тәрепдарларының гейбиреўлерин Оған жиберди. 14Олар Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Өйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Қудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим императорына салық төлеў дурыс па ямаса надурыс па? Төлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады. 15Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип: – Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, көрейин, – деди. 16Олар алып келгенде, Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. Олар: – Рим императорының, – деди. 17Сонда Ийса оларға жуўап берип: – Императордың ҳақын императорға, Қудайдың ҳақын Қудайға бериңлер, – деди. Олар Оған таң қалысты.
Copyright information for
KaaIBT22C