Mark 12:18-27
Қайта тирилиў ҳаққында сораў
(Мат 22:23-33; Лук 20:27-40)
18Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң ▼▼Саддукейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.
бир нешеси Ийсаға келип Оннан: 19– Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз өлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, өз ағасының урпағын даўам еттирсин», ▼ – деп жазып қалдырған. 20Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай өлип кетти. 21Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай өлип кетти. Үшиншисине де солай болды. 22Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан өлип кетти. Ең соңында ҳаялдың өзи де қайтыс болды. 23Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған еди-ғо, – деп сорады. 24Ийса оларға жуўап берип: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Қудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар. 25Өйткени адамлар өлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады. 26Өлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында айтылған ўақыяда Қудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Қудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Қудайыман, Ысақтың Қудайыман, Яқыптың Қудайыман» ▼, – деген. 27Қудай өлилердиң емес, ал тирилердиң Қудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C