Mark 12:28-34
Ең баслы буйрық
(Мат 22:34-40; Лук 10:25-28)
28Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин көрип, Оннан: – Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады. 29Ийса оған: – Ең баслы буйрық бул: «Қулақ сал, Израил! Қудайымыз Жаратқан Ийе – жалғыз Ийе. 30Қудайың Жаратқан Ийени шын жүрегиң, жан-тәниң, пүткил ақыл-ойың ҳәм бар күшиң менен сүй» ▼. 31Екиншиси мынадай: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй» ▼. Булардан уллы буйрық жоқ, – деди. 32Диний муғаллим Оған: – Аўа, Устаз! «Қудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың. 33Қудайды пүткил жүрегиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – ҳәмме жандырылатуғын қурбанлықлардан ҳәм Қудай жолына берилген садақалардан артық, – деди. 34Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин көрип: – Сен Қудайдың Патшалығынан алыс емессең, – деди. Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
Copyright information for
KaaIBT22C