‏ Mark 12:35-37

Масийх кимниң Урпағы?

(Мат 22:41-46; Лук 20:41-44)

35Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып:

– Қалайынша диний муғаллимлер Масийхты Даўыттың Урпағы дейди?
36Даўыттың өзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген: «Жаратқан Ийе Ийеме айтты:
„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“»

37Даўыттың өзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады.

Көп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады.
Copyright information for KaaIBT22C