‏ Mark 12:38-40

Диний муғаллимлер ҳаққында

(Мат 23:1-36; Лук 20:45-47)

38Ийса тәлим берип:

– Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүргенди, базар майданларында өзлерине сыйлап сәлем бергенди,
39мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда төрде отырғанды жақсы көреди. 40Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, көзге көриниў ушын узақ дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C