Mark 12:41-44
Жесир ҳаялдың садақасы
(Лук 21:1-4)
41Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың көбиси көп ақша салды. 42Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды. 43Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен көп салды. 44Себеби олардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C