Mark 13:1-13
Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы
(Мат 24:1-14; Лук 21:5-19)
1Ийса Ибадатханадан шыққанда, шәкиртлериниң бири: – Устаз, қара, қандай әжайып таслар, қандай әжайып имаратлар! – деди. 2Ийса оған: – Мына саўлатлы имаратларды көрип турсаң ба? Бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди. 3Соңынан Ийса Зәйтүн таўында, Ибадатхананың қарсы алдында отырғанда, Петр, Яқып, Юхан ҳәм Андрей аўлақта Оннан: 4– Бизлерге айт, булар қашан болады ҳәм булардың ҳәммесиниң болатуғынын қандай белги билдиреди? – деп сорады. 5Сонда Ийса оларға былай деп айта баслады: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар! 6Өйткени көплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масийхпан» деп, көп адамларды алдайды. 7Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес. 8Себеби миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы көтериледи. Көп жерлерде жер силкиниўлер ҳәм ашаршылықлар болады. Бул ўақыялар толғақ азабының басланыўына уқсайды. 9Өзлериңизге сақ болыңлар! Өйткени сизлерди қазыханаларға тапсырады ҳәм мәжилисханаларда таяқ жейсизлер. Және де, Мен себепли ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдына апарылып, оларға гүўалық бересизлер. 10Бирақ дәслеп Хош Хабар ҳәмме халықларға жәрияланыўы шәрт. 11Сизлерди услап алып, ҳүким етиўге апаратырғанда, не айтыўды ойлап, алдын ала тынышсызланбаңлар. Сол ўақытта сизлерге не берилсе, соны айтыңлар. Себеби сизлер емес, ал Мухаддес Руўх сөйлейди. 12Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын өлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды өлтиртеди. 13Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
Copyright information for
KaaIBT22C