‏ Mark 13:14-19

Ең уллы апат

(Мат 24:15-21; Лук 21:20-24)

14– Ўайран қылатуғын жеркенишли бир заттың турыўға болмайтуғын жерде турғанын көргениңизде , Яҳудиядағылар таўларға қашсын! Пайғамбардың жазыўын оқыған адам бул заттың мәнисин түсинсин. 15Ким де ким тамның төбесинде болса, төменге түспесин ҳәм бир нәрсе алыў ушын үйине кирмесин. 16Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. 17Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 18Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер. 19Өйткени сол күнлери Қудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады.
Copyright information for KaaIBT22C