‏ Mark 13:14-23

Ең уллы апат

(Мат 24:15-21; Лук 21:20-24)

14– Ўайран қылатуғын жеркенишли бир заттың турыўға болмайтуғын жерде турғанын көргениңизде , Яҳудиядағылар таўларға қашсын! Пайғамбардың жазыўын оқыған адам бул заттың мәнисин түсинсин. 15Ким де ким тамның төбесинде болса, төменге түспесин ҳәм бир нәрсе алыў ушын үйине кирмесин. 16Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын. 17Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады! 18Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер. 19Өйткени сол күнлери Қудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады. 20Егер Ийемиз сол күнлердиң санын қысқартпағанда, ҳеш ким қутқарылмаған болар еди. Бирақ Ол Өзиниң таңлап алғанлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартты.

21Сонда егер сизлерге биреў: «Қараңлар, Масийх бул жерде» ямаса: «Қараңлар, Ол ана жерде» десе, исенбеңлер. 22Өйткени жалған масийхлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды алдаў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди көрсетеди. 23Сонлықтан сақ болыңлар! Мен ҳәммесин сизлерге алдын ала айтып атырман.
Copyright information for KaaIBT22C