‏ Mark 13:24-27

Адам Улының қайта келиўи

(Мат 24:29-31; Лук 21:25-28)

24– Бирақ сол күнлери, сол апаттан кейин, «Қуяш қараңғыланады,
Ай өз жақтысын түсирмейди.
25Жулдызлар аспаннан түсип,
Аспан күшлери силкинеди» .

26Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултларда киятырғанын көреди. 27Ол Өз периштелерин жиберип, дүньяның төрт тәрепинен, жердиң шетинен баслап аспанның шетине дейин, Өзиниң таңлап алғанларын жыйнап келеди.
Copyright information for KaaIBT22C