Mark 13:32-37
Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди
(Мат 24:36-44)
32– Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи. 33Абайлаңлар ҳәм сергек болыңлар ▼▼ Базы қолжазбаларда «…ҳәм дуўа етиңлер» деген сөзлер де бар.
, өйткени сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсизлер. 34Бул – бир адамның саяхатқа кетип баратырып, үйиндеги хызметшилерине басқарыўға бийлик бергени ҳәм ҳәр бирине ис тапсырып, дәрўаза қараўылына сергек болыўды буйырғанына уқсайды. 35Солай етип, сергек болыңлар! Себеби үй ийесиниң кеште ме, ярым ақшамда ма, қораз шақырғанда ма, ерте азанда ма, қашан келетуғынын билмейсизлер. 36Ол күтилмегенде келип, сизлердиң уйықлап атырғаныңызды көрмесин. 37Сизлерге айтатуғынымды ҳәммеге айтаман: сергек болыңлар!
Copyright information for
KaaIBT22C