Mark 14:12-21
Ийсаның Өз шәкиртлери менен Қутқарылыў байрамының асын жеўи
(Мат 26:17-25; Лук 22:7-13; Юхн 13:21-30)
12Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Қутқарылыў байрамының қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға: – Қутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық көриўимизди қәлейсең? – деди. 13Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға: – Қалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў көтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер. 14Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бөлмем қәне?“– деп сорап атыр», деңлер. 15Ол сизлерге төсеклер төселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бөлмени көрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди. 16Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларының ҳәммесин таўып, байрам асын таярлады. 17Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди. 18Олар аўқатланып отырғанда, Ийса: – Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди. 19Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады. 20Ийса оларға жуўап берип: – Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол. 21Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C