‏ Mark 14:17-21

17Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди. 18Олар аўқатланып отырғанда, Ийса:

– Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.

19Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан:

– Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады.

20Ийса оларға жуўап берип:

– Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол.
21Адам Улы Өзи ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени өзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C