‏ Mark 14:22-26

Ийсаның соңғы кешеси

(Мат 26:26-30; Лук 22:14-23; 1Кор 11:23-25)

22Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нанды алып, Қудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де:

– Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди.

23Соң кесени алып, Қудайға шүкирлик билдирди де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти. 24Оларға:

– Бул – көп адамлар ушын төгилетуғын, жаңа келисимди бекитетуғын Мениң қаным.
25Сизлерге шынын айтып турман: Қудайдың Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди.

26Соңынан олар Қудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
Copyright information for KaaIBT22C