‏ Mark 14:27-31

Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында

(Мат 26:31-35; Лук 22:31-34; Юхн 13:36-38)

27Ийса оларға:

– Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды шаўып таслағанымда,
Қойлар тарқап кетеди» .

28Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.

29Петр Оған:

– Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди.

30Сонда Ийса оған:

– Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.

31Бирақ Петр қызып кетип:

– Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди.

Қалғанларының ҳәммеси де солай деди.
Copyright information for KaaIBT22C