‏ Mark 14:3-9

Ийса Бетанияда

(Мат 26:6-13; Юхн 12:1-8)

3Ийса Бетанияда, бурын тери кеселлиги менен аўырған Шимонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста жүдә қымбатлы, сап нардтан алынған әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды. 4Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине:

– Бундай ысырапкершиликтиң не кереги бар?
5Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болатуғын еди, – десип, ҳаялды айыплай баслады.

6Бирақ Ийса:

– Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге қысындырып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи.
7Өйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман. 8Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады. 9Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C